avatar
Куч
125.36
Рейтинг
+83.72

Tolibaeva Gulchekhra Nzamatdinovna

Мақолалар

Қарақалпақ гөззаллары

Илм-фан
Каракалпак гоззалары

Аппақ таңдай арыў жүзли,
Наз ийбели, хош минезли
Жанға дәрман, шийрин сөзли
Қарақалпақ гөзаллары
Қолында саз тилла тарлы, 
Жилўалары алар жанды,
Бир лебизли, намыс арлы,
Қарақалпақ гөзаллары
Сен халқымның баста тажы
Толысасаң тилла тасы
Сенен елиң, журтың разы
Қарақалпақ гөзаллары


</span

Fakultetimiz Zulfiya qızları

Илм-фан

Go’zzal u’lkemizge ba’ha’r kirip keldi. Ba’ha’r jan’alanıw,  jasarıw, woyanıw pasılı. Elimizde ba’ha’rdin’ birinshi ku’ninen-aq bayramlar baslanadı ha’m bayramlarg’a ulasadı. 1-mart Zulfiya shayırdın’ tuwılıwı qutlı qa’dem bolıp,  ba’ha’rdin’ kirip keliwi menen baylanisqan. Zulfiya Israilova 1915-jılı 1-martta Tashkentte wo’nermentler shan’arag’inda du’nyag’a keledi.  
A’kesi miynetkesh temirshi, anası ju’da ko’p qosiq, da’stan, yertekler bilgen ha’m balalarına aytıp beretug’ın a’piwayı hayal yedi. Shayır 1928-jılı baslawısh mektepti tamamlap, Tashkent hayal-qizlar pedagogika bilim

Умытылмас тулгалар

Qaraqalpaq xaliq shayiri Ibrayim Yusupovtin` o`miri ha`m do`retiwshilik joli
Шеърият ва адабиёт

Ғалаўытлы ҳәм бул гөззал дүньяны,


Тәрк еткен шағда да шайырдың жаны,


Бийик көктен сәлем жоллап мудамы,


Жан үстимде, Поэзия жулдызы!


 


И.Юсупов


 


Кимдур, қайта несип етсе бул дүнья,


Былай жасарем, деп өкиниш етти.


Кимгедур бул әрман керекти, лийкин


Ибрайым дүньяға бир келип кетти.


 


А.Арипов

АЙТ, СЕН, ӘЖИНИЯЗДЫҢ ҚОСЫҚЛАРЫНАН!

Qaraqalpaq xaliq shayiri Ibrayim Yusupovtin` o`miri ha`m do`retiwshilik joli
Шеърият ва адабиёт

Айт, сен, Әжинияздың қосықларынан!


Жыласын яр ышқы баўырын кескенлер.


Еңиресин елинен айра түскенлер,


Айт, сен, Әжинияздың қосықларынан!


 


Қосық дәрья-дәрья нур болып ақсын,


Ышқысыз жанларға ышқы отын жақсын.


Қыз жигитке жилўа-наз бенен бақсын,


Айт, сен, Әжинияздың қосықларынан!


 


Жулдызларды жерге үңилтпек болсаң,


Жаман шайырларды түңилтпек болсаң,


Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң,


Айт, сен, Әжинияздың қосықларынан!

ИБРАЙЫМ ЮСУПОВТЫҢ ЛИРИКАЛАРЫ

Qaraqalpaq xaliq shayiri Ibrayim Yusupovtin` o`miri ha`m do`retiwshilik joli
Шеърият ва адабиёт

И.Юсупов лирикалары өз халқының күнделикли турмысы ҳәм тарийхый тәғдирине беккем байланыслылығы, миллий колортиниң басымлылығы менен өзгешеленип турады. 



Изертлеўшилердиң дурыс көрсеткениндей, «оның шығармаларын оқыў арқалы бүгинги көп миллетли, көп тилли дүнья қарақалпақ халқының мың жыллық терең тарийхын ҳәм ҳәзирги оғада қоспалы, бай мазмунлы турмысы менен, оның миллий өзгешеликлери, өзгеше мәденияты ҳәм турмысы, минез-қулқы ҳәм салт-дәстүрлери менен жақыннан танысыў мүмкиншилигине ийе болды». И.Юсупов лирикаларында, ҳақыйқатында да, халықтың тарийхый тәғдири, қуўанышы ҳәм қайғы-ҳәсиретлери, қыян-кески гүреслерге толы көп қырлы, көп сырлы басып өткен өмир жолы үлкен романтикалық пафос ҳәм патриотлық сезимлер менен биринши жобаға қойып сүўретленеди. Оның усындай рухта жазылған лирикаларының қатарына «Аяз қала», «Әль Беруний туўылған жерде», «Қобыз», «Оссуарийлар», «Ноғайларға», «Қарақалпақты көп мақтама көзинше», «Қарақалпақ ҳаққында сөз» ҳәм т.б. қосықларын жатқарыўға болады.


 


 


 


 



МӘҢГИ БУЛАҚ

Qaraqalpaq xaliq shayiri Ibrayim Yusupovtin` o`miri ha`m do`retiwshilik joli
Шеърият ва адабиёт

ХХ әсир қарақалпақ поэзиясының үлкен байтереклериниң бири, Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, белгили әдебиятшы ҳәм аўдармашы Ибрайым Юсупов 1929-жылы Шымбай районында туўылған.


Ол 1949-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетин питкергеннен кейин усы институтта 1961-жылға шекем оқытыўшы болып ислеп қалады.


И.Юсупов 1961-1962-жыллары «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, 1962-1965-жыллары Н.Дәўқараев атындағы тил ҳәм әдебият институтында илимий хызметкер, бөлим баслығы, 1965-1980-жыллары  Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслығы, 1980-1985-жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бас редакторы лаўазымларында иследи. Соңғы жылларда болса пүткил аўқамлық Парахатшылық хорының Қарақалпақстан бөлимине, Қарақалпақстандағы руўхый мәденият ҳәм ағартыў Орайына басшылық етеди. Ол 1956-жылдан баслап Жазыўшылар аўқамының ағзасы.


«Амир Темур – буюк ижодкор»

Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTI
Илм-фан


        2014 йил 8 апрель куни институт мажлислар залида «Соғлом бола йили» давлат дастури доирасида Соҳибқирон Амир Темур таваллудининг 678 йиллигига бағишланган «Амир Темур – буюк ижодкор» мавзусида  илмий-амалий анжуман бўлиб ўтди. 


Теберик дәргай

Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTI
Илм-фан

Дүньяда сан мың түрли кәсиплер бар. Дегенменен бул кәсиплердиң барлығыда муғаллимшилик кәсибиниң жемислери болып саналады.Себеби биз муғаллим қолында тәлим ҳәм тәрбия алмаған, бирде-бир кәсип ийесин ушратыў мүмкиншилигине ийе емеспиз. Сонлықтанда муғаллимшилик кәсибин барлық кәсиплердиң атасы, барлық кәсиплердиң тийкарын салыўшысы, кәсиплердиң ишиндеги ең уллысы ҳәм ҳүрметлиси деп исенимли түрде айта аламыз. Ҳәзирги ўақытларда түрли типтеги улыўма тәлим мектеплеринде, академиялық лицейлерде, орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлеринде, жоқары оқыў орынларында оқыўшыларға, студентлерге тәлим ҳәм тәрбия бериўши, орта арнаўлы ямаса жоқары мағлыўматқа ийе болған қәнигени муғаллим, устаз, оқытыўшы, педагог деп атаў дәстүрге айналған.